Номер части:
Журнал
ISSN: 2411-6467 (Print)
ISSN: 2413-9335 (Online)
Статьи, опубликованные в журнале, представляется читателям на условиях свободной лицензии CC BY-ND

ПОВЕСТЬЛЕРДЕ ҚЫССАГӨЙ ОБРАЗЫ



Науки и перечень статей вошедших в журнал:
DOI:
Дата публикации статьи в журнале:
Название журнала: Евразийский Союз Ученых — публикация научных статей в ежемесячном научном журнале, Выпуск: , Том: , Страницы в выпуске: -
Данные для цитирования: . ПОВЕСТЬЛЕРДЕ ҚЫССАГӨЙ ОБРАЗЫ // Евразийский Союз Ученых — публикация научных статей в ежемесячном научном журнале. Филологические науки. ; ():-.

Қарақалпақ жазыўшыларының соңғы жылларда жазылған бир қанша повестьлери инсанның руўҳыятының терең сәўлелендириўшиси сыпатында көзге тасланады. У.Пиржановтың, Ш.Сейтовтың, Халмуратовтың, Г.Есемуратованың қаҳарманлардың терең психологизми менен суўғарылған повестлериндеги турмыслық ўақыялар көлеминиң кеңейгенлиги, конфликттиң тереңлесиўи, шахс мәселеси ҳәм оның социаллық орталық пенен қатнасларының ашық сәўлелениўи, инсан руўҳый әлемин талқылаўға умтылыўшылығы, сүўретлеў уылларының жетилискенлиги жазыўшылардың да стилиниң раўажланыўындағы әҳмийетли қубылыс болып табылады.

Миллий прозамыздың жетекши жанрына айланған повесть жанрының барлық  көринислеринде бул тенденция өз-өзинен повестьлердеги қыссагөй образының  да әҳмийетин белгилеп берди. Себеби, повестьлердеги қыссагөй образы жазыўшының поэтикалық шеберлигин белгилеўши тийкарғы критериялардың бири сыпатында әҳмийетке ийе. Қысссагөй образы тек ғана повестьлерде емес, ал роман, гүрриң сыяқлы прозаның басқа жанрларында да көзге тасланады. Әдебиятшы алым А.Холмуродов повестьлердеги қыссагөй образының өзине тәнликлери ҳақкында: «Қыссагөй белгили дәрежеде жазыўшының қарасларын сәўлелендирсе де, қысса жанрындағы қыссагөй образы айрықша көриниске ийе. Қысса қаҳарманларының руўҳый ҳалаты ҳәм характерин сүўретлеў процесинде жазыўшы параллел рәўиште қыссагөй образын жаратып барады. Бул образ ўақыя ҳәм қаҳарманларға эстетикалық мүнәсибет тәризинде қәлиплеседи» [3, 10]  деп жазады. Сондай-ақ, алым повесть жанрының композициясында жазыўшы менен қыссагөй образының тәсири мәселесине тоқтай келип, повестьлерде қыссагөй образының барлығы, сүўретлеў дәрежеси ҳәм көлем имканиятлары жанр композициясында көбинесе хроникалық баянлаўды келтирип шығаратуғынын да айтып өтеди. [3, б. 11] Деген менен, бул шекленгенлик повесть жанрының өзине тән жанрлық сыпатларының бири екенлигин де умытпаўымыз керек.

Соңғы жыллары қарақалпақ әдебиятында жемисли қәлем тербетип киятырған Ш.Уснатдиновтың «Соңғы аңшы» повестиндеги қыссагөй образы мысалында пикиримизди даўам еттирмекшимиз. Повестьтиң тийкарғы өзгешеликлериниң бири, оның ҳүжжетлиликке бейимлигинде. Повестьте көплеген образлар өмирде ҳақыйқый бар инсанлар ҳәм олар тәрийпи де, ис-ҳәрекетлери де турмыста ҳақыйқый болған ўақыялар негизинде жазылған. Буның менен көркем шығарманың көркем қунлылығын бийкарлаўға болмайды. Себеби шығармада автордың көркем нийети айырым ўақыяларды, эпизодларды сүўретлеўдеги, сюжет ҳәм композиция қурыўдағы, көркем тил элементлеринен пайдаланыўдағы изленислери шығарманың көркемлилигин байытыўға хызмет еткен. Жазыўшының буннан басқа да көплеген шығармаларында өзинин өмир тәжирийбелеринен, көрген-билгенлеринен пайдаланып, ҳүжжетлиликке тийкарланған көркем дөретпелер жазыўы оның стиллик изленислериниң бири екенлигин айтып өтиўимиз зәрүр. Жазыўшының повестьте бундай усылдан пайдаланыўы шығармада қыссагөй образының жаратылыўында тийкарғы өзеклердиң бири сыпатында әҳмийетке ийе. Себеби, «Соңғы аңшы» повестинде жазыўшының ядында терең из қалдырған  он сегизинши әсирдиң ақыры, он тоғызыншы әсирдиң басында жасап өткен Иймам ийшанның урпағы болған Ҳаймаддин мақсым ҳаққында ҳақыйқатлықлар көркем баянланады.

Қыссагөй образы автор образының повестьтеги көриниси болып табылады. Қыссагөй образы шығармадағы қаҳарманларды бирлестирип турады, яғный, В.Виноградовтың пикиринше:  ол «шығарманың тийкарғы мазмунының жәмленген тәризде сәўлелениўи» [2, б. 118]. Қыссагөй шығармада ҳәмийше қаҳарманлар арасында жүреди ҳәм олардың ис-ҳәрекетлерине баҳа береди. Сонлықтан, қыссагөй образы ўақыялардың раўажланыўы барысында қәлиплесип барады. Повестьтеги Хаймаддин мақсым образына жәмленген қаҳарманның тийкарғы концепциясы өзлигин аңлаў, өз исенимине садық қалыўға умтылған, совет дәўириндеги күшли итдеологиялық гүрес дәўиринде идеологияның күшли басымына ушыраўына қарамастан өз исенимине садық қалған характерди нәзерде тутады. Повестьте қыссагөй ўақыяларды баянлаўшы сыпатында қалғаны менен, шығарма қаҳарманы яки ондағы ўақыяларға қатнасын Мурат Иймаматдинов арқалы жетккерип береди.

Әдетте, қыссагөй образында көбирек жазыўшының кеширмелери сәўлеленеди. Сонлықтан, повесть қаҳарманлары ортасындағы өзара гүреслер қайсыдур дәрежеде қыссагөйдиң «өз-өзи менен ишки гүреси»ниң  сәўлелениўи де болып табылады [1, б. 10]. Биз сөз етип отырған повестьте де қаҳарман Хаймаддин мақсымның яки басқа да қахарманлардың жәмийет, турмыслық мәселелердеги конфликтлери повестьтеги қыссагөй образының қәлиплесиўине тәсирин жасаған. Психологиялық аспектте алып қарайтугын болсақ, Ҳаймаддин мақсым яки оның перзенти Найматдинниң ишки кеширмелериндеги толғаныслары, руўҳыятындағы гүйзелислери қыссагөй образының  да сәўлелендирилиўи болып табылады.

Жуўмақлап айтқанда, Ш.Уснатдиновтың «Соңғы аңшы» повести соңғы дәўирде қарақалпақ прозасында инсан руўҳыятының нәзик тәреплерин сүўретлеў, болмысты көркем қабыл етиў, ҳүжжетлиликке умтылыўшылық сыяқлы сыпатларды өзинде жәмлеген дөретпе болып, шығармада қыссагөй образының ашылыўы тиккелей усы раўажланыў тенденциялары менен байланыслы екенлигин анықладық.

Әдебиятлар:

  1. Бахтин М.М. Эстетика словесного творчества. М.: Искусство, 1986. – 444 б.
  2. Виноградов В. О теории художественной речи. – М.: Высшая школа, 1971.
  3. Холмуродов А. Ўзбек қиссачилиги: тараққиёт муаммолари (XX аср сўнгги чораги) Фил.фан.док… дисс. автореф. – Т.: 2008, – 23 б.
  4. Уснатдинов Ш. Соңғы аңшы. Н.: «Qaraqalpaqstan», 2014. – 188 б.[schema type=»book» name=»ПОВЕСТЬЛЕРДЕ ҚЫССАГӨЙ ОБРАЗЫ» description=»Статья посвящена вопросам развития жанра каракалпакской повести. Автор изучает данную проблему на примере раскрытия образа повествователя в повести каракалпакского писателя Ш.Уснатдинова «Последний охотник». “Последнего охотника” является документальность повести. Но данное обстоятельство нисколько не умаляет художественные качества произведения, как результат творческих исканий писателя отличающегося мастерским описанием некоторых событий и эпизодов, своеобразным построением сюжета и композиции, использованием разнообразных приемов и языковых средств.» author=»Сагидуллаева Замира Базарбаевна» publisher=»Басаранович Екатерина» pubdate=»2016-12-07″ edition=»euroasia-science_30_22.09.2016″ ebook=»yes» ]
Список литературы:


Записи созданы 9819

Похожие записи

Начните вводить, то что вы ищите выше и нажмите кнопку Enter для поиска. Нажмите кнопку ESC для отмены.

Вернуться наверх
404: Not Found404: Not Found